Денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған жоқары итибар себепли республикамызда жүрек кеселликлери бойынша бир қатар қурамалы хирургиялық әмелиятлар табыслы әмелге асырылмақта. Буның айқын мысалы ретинде, Ташкент қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы қәнигелери Нөкис қаласындағы Кардиология орайында отызға жақын операцияларды әмелге асырыў ушын келди.
— Қарақалпақстан халқына, соның ишинде жүрек-қан тамыр кеселликлери бар болған наўқасларға жоқары технологиялық усыллар жәрдеминде тексериў, яғный коронароангиография – жүрек таж тәризли артерияларының тарайған бөлимлерин анықлаў, оларға стент орнатыў әмелиятларын орынлап атырмыз, — дейди Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайының интервенцион кардиохирургы, медицина илимлери кандидаты Сардор ТУРСУНОВ. — Бул әмелиятлар, тийкарынан «темир дәптер», «ҳаяллар дәптери»ндеги ҳәм кем тәмийинленген наўқасларға мәмлекет қәўендерлигинде бийпул әмелге асырылмақта. Наўқаслардың көпшилигине өткир миокард инфаркти тәсиринде тарайған тамырларға стент орнатыў әмелияты исленбекте. Бул стентлеў әмелиятынан кейин наўқаслар жағдайына қарап күнделикли жумыс искерлигине қайтыўы мүмкин.

Стентлеў әмелияты өткерилгеннен кейин де жүрек ишемик кеселлигин емлеўде ислетилетуғын дәри қуралларын тоқтатыў мүмкин емес. Стентлеўден кейин шыпакер жазып берген дәрилерди қатаң тәртип тийкарында ишип жүриў тийис. Усы орында жақында ғана стентлеў әмелиятынан шыққан наўқас пенен сәўбетлестик:
— 3-4 жылдан берли жүрегим аўыратуғын еди. Өткенде сентябрь айында миокард инфартын басымнан өткерип, аўыр аўҳалға түсип қалдым. Ташкенттен келген шыпакерлер мени тексериўден өткерди ҳәм жүрек тамырларыма еки стент қойды. Ҳәзир аўҳалым әдеўир жақсы. Шыпакерлерге үлкен рахмет айтаман, — дейди Қараөзек районынан келген Мамытжан КАМАЛОВ.

Соны айрықша атап өтиў керек, Кардиология орайында әмелге асырылып атырған жоқары технологиялық емлеў усылларының саны, сапасы ҳәм көлеми жылдан-жылға артып бармақта.
Ҳәзирде Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы қәнигелериниң және бир топары Шымбай районында наўқасларды медициналық көриктен өткерип, жоқары технологиялық қурамалы операцияларды әмелге асырмақта.

ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги Мәлимлеме хызмети


